KarPressa

TelegramНовости и СМИ

@karpressa

📍 KarPressa — бул тек ғана сиясый жаңалықларды тезлик пенен жеткерип бериўши каналы болып есапланады. 🇺🇿 Өзбек тилиндеги каналымыз: @KarPressa_Uz Реклама ҳәм ушын: @KarPressa_admin

36.0K
Подписчиков
13.5%
Охват (Reach Rate / RR)
просмотры / подписчики
0.1%
Вовлечённость (ER)
реакции / просмотры

О канале KarPressa

36.0Kподписчиков4.9Kсредний охват13.5%охват (RR)0.1%вовлечённость (ER)

📍 KarPressa — бул тек ғана сиясый жаңалықларды тезлик пенен жеткерип бериўши каналы болып есапланады. 🇺🇿 Өзбек тилиндеги каналымыз: @KarPressa_Uz Реклама ҳәм ушын: @KarPressa_admin

AI-обзор

Обновлено 21.07.2026

Канал "KarPressa" публикует новости на узбекском языке. В основном освещаются темы политики, спорта, экономики и образования в Узбекистане.

Описание сформировано MaxBook AI на основе последних публикаций канала.

Основные метрики

Вовлечённость

13.5%Охват
Подписчиков36.0K
Просмотров/пост4.9K
Реакций/пост3
Низкая
Качество
0.06%
Реакции/просм.
25
Постов
3
Реакций/пост
0.06%просмотров конвертируются в реакции

Здоровье аудитории

Средний охват: ~4.9K на пост — это ~14% от 36.0K подписчиков
14%
Доля от числа подписчиков. Один пост видит не обязательно одна и та же часть аудитории, поэтому остаток — не «неактивные подписчики».
13.5%
Охват (RR)
Низкое
0.08%
ER (вовлечённость)
~4 реакций/пост
Низкий охват. Менее 15% подписчиков в среднем видят публикации. Причины бывают разные — часть аудитории заглушила канал, ушла в другие площадки, либо MaxBook собрал не все просмотры.

Часовая активность

МСК

Когда канал публикует — распределение постов по часам суток.

11:00
Пик публикаций
12%
Ночью (0-6)
Публикует утром
0
3
6
9
12
15
18
21
Распределение 25 постов по часам публикации и средний охват/реакции постов в этот час. Время — московское (МСК). Это график публикаций канала, не онлайн-статус аудитории.

Последние публикации канала «KarPressa»

  1. 4.3K просмотров, 4 реакций, 20 июл. 2026 г.

    ФИФА рейтингинде Өзбекстан 10 орынға төменледи ФИФА жәриялаған жаңа рейтингте Өзбекстан миллий сайланды командасы 10 орынға төменлеп, 1409,73 упай менен 60-орынды ийеледи. Мағлыўмат ушын, бул төменлеўге команданың ЖЧ-2026 топар басқышындағы сәтсиз қатнасы ҳәм де жолдаслық ушырасыўларындағы жеңилислери себеп болған. Ҳәзирде Өзбекстан Азия континентинде 7-орында турыпты. Жаңа жәҳән чемпионы Испания болса рейтингте 1-орынға көтерилди . 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  2. 4.6K просмотров, 2 реакций, 20 июл. 2026 г.

    Балықшылықты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи Орай жанында Балықшылықты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилиўи белгиленди. Сондай-ақ, 2027-жыл 1-майға шекем балықшылық хожалықларындағы мағлыўматларды бирден-бир системада жүргизиўши «e-baliq» электрон платформасы енгизиледи . Мағлыўмат ушын, Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Қытайдың Далиан университети менен биргеликте 2027/2028-оқыў жылынан баслап балықшылық ҳәм аквакультура бойынша қоспа факультет ашылады. Билим бериў процесслери «2+1» формасында алып барылып, жылына 50 ге шекем абитуриент…

    Открыть пост в MAX
  3. 5.0K просмотров, 1 реакций, 20 июл. 2026 г.

    Мәмлекетлик стипендия квоталары тастыйықланды: ең көп орын Қарақалпақ мәмлекетлик университетине ажыратылды Республика бойынша 335 мың 471 жоқары басқыш студентлери арасынан жәми 776 студент мәмлекетлик стипендия ийеси болыўы тастыйықланды . Жоқары оқыў орынлары ҳәм тәлим бағдарлары кесиминде бөлистирилген бул квоталарға көре , ең көп орын Қарақалпақ мәмлекетлик университетине ( 14 ) ажыратылған . Мағлыўмат орнында, жәми стипендиялардың 194 и Ислам Кәримов , 187 си Президент , 175 и Наўайы , сондай-ақ, қалған бөлеги басқа да атлы ( Бабур , Имам әл-Бухарий , Беруний , Ибн Сина ,…

    Открыть пост в MAX
  4. 5.2K просмотров, 2 реакций, 20 июл. 2026 г.

    Академиялық лицейлерге кириў тестлери ушын рухсатнамалар бериў басланды Абитуриентлер академиялық лицейлерге кириў тест сынақларында қатнасыў ушын рухсатнамаларды my.edu.uz ҳәм my.gov.uz платформаларындағы жеке кабинетлери арқалы жүклеп алыўы ямаса тиккелей ҳүжжет тапсырған билимлендириў шөлкеминен барып алыўына болады. Мағлыўмат ушын, абитуриентлерден тест сынағы өткерилетуғын аймаққа белгиленген ўақыттан кеминде бир ярым саат алдын шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ( паспорт ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық) ҳәм рухсатнама менен келиўи талап етиледи . Сынақ өткерилетуғын анық мәнзил…

    Открыть пост в MAX
  5. 5.3K просмотров, 1 реакций, 20 июл. 2026 г.

    20-июль жағдайына шет ел валюталарының курслары жәрияланды Усы жылдың 20-июль жағдайына шет ел валюталарының өзбек сумына салыстырғандағы жаңа баҳалары мәлим етилди. Оған көре, барлық тийкарғы шет ел валюталары курсында төменлеў бақланған. Мағлыўмат орнында, 1 АҚШ доллары 62.10 сумға арзанлап, 12 031.25 сумды , 1 евро болса 102.49 сумға төменлеп, 13 764.95 сумды қурады. Соның менен бирге, Россия рубльи 153.24 сумға ( -1.98 ), Қазақстан теңгеси болса 25.62 сумға ( -0.03 ) түсти. 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  6. 5.6K просмотров, 5 реакций, 20 июл. 2026 г.

    Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси Баслығының атынан жалған хабарлар тарқалмақта Социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың атынан түрли хабарлар тарқатылып атырғаны ҳәм олардың ҳақыйқатқа туўры келмейтуғыны мәлим етилди . Мағлыўмат орнында, бул хабарлар Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың атынан ашылған фейк аккаунт арқалы тарқатылып атырғаны атап өтилип, тармақ пайдаланыўшыларынан бундай жалған мағлыўматларға исенбеў соралады. 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  7. 5.7K просмотров, 4 реакций, 20 июл. 2026 г.

    Аномал ыссыда ашық ҳаўадағы жумыслар бираз тоқтатылады Мәмлекетлик мийнет инспекциясының көрсетпесине муўапық, аномал ыссы ҳаўа райы себепли саат 10:00 ден 17:00 ге шекем ашық ҳаўада хызметкерлердиң денсаўлығына қәўип туўдыратуғын жумыслар ўақтынша тоқтатылады. Соның менен бирге, жумыс бериўшилер тәрепинен қолайлы жумыс режими енгизилетуғыны белгиленди. Мағлыўмат орнында, жумыс бериўшилер хызметкерлерди жеткиликли ишимлик суўы , биринши медициналық жәрдем ҳәм дем алыў ушын саялы орынлар менен тәмийинлеўи шәрт . Бул талаплардың орынланыўы қатаң қадағаланып, қағыйдабузар лаўазымлы шахслар…

    Открыть пост в MAX
  8. 5.7K просмотров, 6 реакций, 20 июл. 2026 г.

    ЖЧ-2026: Леандро Паредес финалдан кейин қызыл қағаз алды ЖЧ-2026 финал ушырасыўы жуўмақланғаннан соң, Аргентина қурама командасының ағзасы Леандро Паредес Испания футболшылары менен келип шыққан жәнжел себепли майданнан шетлетилди . Мағлыўмат ушын, Паредес қарсылас ойыншылар Ерик Гарсия ҳәм Гавиге қарата физикалық күш қолланғаны ушын төреши оның ҳәрекетин қопал деп баҳалап, тиккелей қызыл қағаз көрсетти. Өз-ара жәнжел ҳәр еки команда футболшыларының араласыўы менен сапластырылды . 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  9. 6.2K просмотров, 1 реакций, 19 июл. 2026 г.

    Кириў тест сынақларының бесинши күнги нәтийжелери жәрияланды 2026-жыл 18-июль күни мәмлекетлик жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кириў ушын өткерилген тест сынақларының нәтийжелери жәрияланды . Мағлыўмат ушын, абитуриентлер өз нәтийжелерин паспорт ямаса ID картасының номерин киргизген ҳалда my.uzbmb.uz ҳәм mandat.uzbmb.uz сайтлары, сондай-ақ, Билимди баҳалаў агентлигиниң арнаўлы Telegram ботлары ( @bmba_natija_bot , @bmba_natija_1bot , @bmba_natija_2bot ) арқалы билип алыўы мүмкин. 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  10. 6.1K просмотров, 3 реакций, 19 июл. 2026 г.

    Тери-аяқ кийим санаатын қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа жеңилликлер белгиленди Президент қарарына муўапық, 2026-жыл 1-июльден 2028-жылдың ақырына шекем тери ҳәм аяқ кийим ислеп шығарыўшы кәрханаларға бир қатар субсидиялар ажыратыў ҳәм қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў системасы енгизилмекте . Мағлыўмат ушын, таяр териниң ҳәр бир квадрат дециметрине 350 сум , ал жаңа аяқ кийим модели ушын 1 миллион сумнан субсидия бериледи . Сондай-ақ, импорт етилген қәлиплер ҳәм суўды тазалаў химиялық қураллары қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи. Буннан тысқары, усы жылдың 1-сентябринен баслап…

    Открыть пост в MAX
  11. 4.3K просмотров, 2 реакций, 19 июл. 2026 г.

    Оқ атар қуралларды өз ықтыяры менен тапсырған шахслар сыйлықланады Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен дизимге алынбаған қурал, оның оқ-дәрилери ҳәм жарылыўшы затларды ишки ислер уйымларына өз ықтыяры менен тапсырған шахсларды сыйлықлаў тәртиби тастыйықланды . Мағлыўмат орнында, пуқаралар усы буйымларды тапсырыў бойынша өз жасаў орнындағы ишки ислер уйымына мүрәжат етиўи мүмкин . Өз ықтыяры менен тапсырылған қураллар ушын аймақлық техникалық комиссия жуўмағына тийкарланып пул сыйлығы ямаса қурал алыў ушын жеңилликли ҳуқық бериледи. 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  12. 4.8K просмотров, 9 реакций, 19 июл. 2026 г.

    Аномал ыссыда хызметкер жумысты орынлаўдан бас тартыўы мүмкин Мийнет кодексине муўапық, жумыс орнындағы жоқары температура хызметкердиң өмирине ямаса денсаўлығына реал қәўип туўдырса, ол жумысты тоқтатыўға ҳақылы ҳәм бул дәўир ушын оның орташа мийнет ҳақы толық сақланып қалады . Мағлыўмат ушын, тек ғана ыссы ҳаўа жумыстан бас тартыўға тийкар болмайды. Бул ҳуқық жумыс бериўши тәрепинен суў , салқын жер ямаса қосымша тәнепислер берилмеген ҳәм денсаўлыққа тиккелей қәўип жүзеге келген жағдайларда ғана әмел етеди. 📍 Информация бағдары @KarPressa

    Открыть пост в MAX
  13. 1.6K просмотров, 1 реакций, 19 июл. 2026 г.

    #Súyinshi 🎉 👉 Lokatsiyalar ❗️ TEK 19-20 IYUL idea'da TEXNIKALARGA ZO'R AKSIYALAR! 🔻 -50% ULKEN SHEGIRMALAR Sovitqishlarga ! 🔻 Sifatli Texnikalar " ayina 99 000 sumnan " 🔻 Texnikalar " BAZAR BAHASINDA " 🔻 99 000 sum ayina - SAMSUNG Galaxy A17 (6/128) 🔻 99 000 sum ayina - Redmi Note 14 (6/128) 🔻 99 000 sum ayina - 43" ARTEL SMART TV (A43NFCH001) 🔻 99 000 sum ayina - ARTEL Gaz Plitasi (Apetito00GV1ГК) 🔻 99 000 sum ayina - SHIVAKI Gaz Plitas i (6400Geco ГПСерый) 🔻 99 000 sum ayina - 6kg PREMIER Avtomat (60F1003SINW) * Maģlıwmat ushın: 📞 712307799 | Chat Nigina ✅ Baslangʻish…

    Открыть пост в MAX

Качество и доверие

100
из 100
Явных аномалий не обнаружено

Эвристические сигналы качества по публичным метрикам (охват, реакции, динамика подписчиков). Это не доказанный фрод и не приговор — лишь поводы присмотреться к каналу.

Публикации

20 последних публикаций

Дополнительно

38пропущенных ID постов

Из 25 пойманных постов в диапазоне ID сообщений отсутствует 38. Пропуски — это удалённые посты ИЛИ медиа-альбомы и служебные сообщения (один альбом = несколько ID). Точную причину по одним ID определить нельзя.